ФИЛИАЛДА «КАРЬЕРА КҮНИ» ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 19.04.2023

Бәрешеңизге мәлим усы жылдың 11-апрель күни Президентимиз басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде жоқары оқыў орынлары студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў баслы мәселелерден екенлигин атап өткен еди.  Усы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.   

Илажды Илимий ислери ҳәм инновация бойынша директор орынбасары Н.Хамидов ашып берди ҳәм елимизде жаслардың бәнтлигин тәмийиенлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў баслы ўазыйпалар етип белгиленген болып, бул бағдарда филиалда нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанлығын айрықша атап өтти. Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бөлим баслығы Ш.Атайев, “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасы баслығы Л.Уразымбетовалар шығып сөйлеп, студент-жасларды бүгинги өткерилип атырған мийнет ярмаркасы менен қутлықлады ҳәм илаждың әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти.

   Мийнет ярмаркасына республикамыздың 30 дан аслам мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер 101 бос жумыс орны менен қатнасып, өзлериниң бос жумыс орынлары ҳаққында студент-жасларға мағлыўматлар берди. Илаж даўамында студент-жаслар қәнигеликлери бойынша бос жумыс орынлары менен танысыў имканиятына ийе болды. Өткерилген ярмаркада бес студенттиң мәкемелер менен үш тәреплеме шәртнамасы дүзилди.   

Жаслар бәнтлигин тәмийиелеў, әсиресе, студент-жасларды кәсип өнер ийелеўге бағдарлаў, жумысқа жайласыўын тәмийинлеў, олардың қосымша дәрамат табыўы ушын имканият жаратып бериў күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан саналады. Бүгинги шөлкемлестирилген мийнет ярмаркасыда бул бағдардағы жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler