ЕКИ СТУДЕНТТИҢ КИТАБЫ БАСПАДАН ШЫҚТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.05.2023

Китап жаңалығы

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Мәденият мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў қәнийгелигиниң 2-курс студенти Абдулла Аймурзаевтың «Ёшларнинг маънавий тарбиясида музейларнинг аҳамияти» атамасында китабы баспадан шықты. Китапта жаслардың руўхый дүньясын байытыў ҳәм оларды Ўатанға садық руўхында тәрбиялаўда музейлердиң тутқан орны кең түрде сөз етиледи. Автор музейлер искерлигин жетилистириў бойынша да өз пикир-усынысларын билдиреди.

Сондай-ақ, Мәденият мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў қәнийгелигиниң 2-курс студенти Сулыўхан Өтениязованың да «Сапалы тәлим раўажланыў гиреўи» атамасында китабы баспадан шықты. Китапта соңғы жыллары мәмлекетимизде билимлендириў тарарўында әмелге асырылып атырған реформалар, билимлендириў тараўын жетилистириўде раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси енгизилгени, соның менен бирге, илимий-изертлеў жумысларына қызығыўшылғы болған жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды илимий-изертлеўлер ҳәм интелектуал искерликке бағдарлаўда әмелге асырылып атырған жумыслар сөз етиледи.

Студентлердиң бул мийнетлери баспадан шығыўында Мәденият ҳәм китапхана искерлиги кафедрасы ассистент оқытыўшысы Гулмира Бектурсынова жол-жоба көрсетип, илимий басшылық етти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...