ЕКИ МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 02.05.2023

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тарбия ҳәм илим-билимлендириў тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 6108-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәминлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы  профессор-оқытыўшылары филиалға бириктирилген  Елликқала районындағы 51-санлы ҳәм Беруний районындағы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болып питкериўши класс оқыўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы К.Заретдинов, «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Т.Меңлимуратов, «Режиссура ҳәмактёр шеберлиги» кафедрасы окытыўшысы Д. Уразбаев ҳәм «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасы оқытыўшысы И.Уразбаевлар мектеп оқыўшыларына филиалдағы тәлим бағдарлар, студентлердиң жетискенликлери ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...