ЖАСЛАР МАШҚАЛАЛАРЫ ОРЫНЛАРДА ҮЙРЕНИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 13.05.2023

Усы жыл 11-апрель күни Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслар нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде олар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў мәселелерине бағышланған» видеселектор мәжилиси өткерилген еди. Мәжилисте жаслар менен ислесиўди еле де жетилистириў ҳәм олардың машкалаларын мәҳәллелерде үйрениў бойынша тапсырмалар берилген еди.  

Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына Беруний районындағы «Амир Темур», «Дослық», «Марказий», «Бунёдкор», «Пахтакор», «Беруний», «Алтынсай», «Сарайкөл» мәкан пуқаралар жыйынларынан 41 жас бириктирилген болып, филиал директоры А.Аяпов ҳәмде филиалдың бир қатар жуўапкер хызметкерлери жоқарыда атап өтилген мәҳәллерде жаслар машқалаларын үйрениў жумысларын алып бармақта.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...