АТҚАРЫЎ ТӘРТИБИ ҲӘМ ИШКИ ТӘРТИП МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН МӘЖИЛИС БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 15.05.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында атқарыў тәртиби ҳәм ишки тәртип мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған директор орынбасарлары, факультет деканы, кафедра баслықлары ҳәм бөлим баслықлар қатнасты.

Мәжилисти филиал директоры А.Аяпов алып барды ҳәм оқыў процесси менен байланыслы болған мәселлелерге жуўапкершилик пенен қараў, жоқары уйымлардан келген хатлардың олрынланыўы, студентлердиң тәлим-тәрбиясы, сабаққа қатнасы, тәртип-интизам, шәртнама төлемлерин оқыў жылы тамамланбай турып өндириў, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў, сондай-ақ, энергия тежеўши қурылмаларды орнатыў бағдарындағы жумысларды еле де жетилистириў кереклигин айрықша атап өтти.

Буннан соң, оқыў процесси менен байланыслы болған мәселлелер, руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы жумыслар, студентлердиң шәртнама-төлемлериниң барысы, халықаралық байланыс ҳәм жойбарлар, сондай-ақ, қурылыс ҳәм ишки хожалық жумыслары барысы ҳаққында тийисли жуўапкерлердиң мағлыўматлары тыңланды.

Илаж соңында алдағы ислениўи тийис болған ўазыйпалар белгиленип алынды.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...