Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен 2022-2023-оқыў жылы жуўмағы бойынша «Жаңа Өзбекстан — жаслар нәзеринде» атамасындағы концерт бағдараламасы болып өтти.

Профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен Ўатан, дослық ҳәм мухаббатты жырлаўшы, сондай-ақ, халық қосықларынан атқарылған намалар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Әсиресе, Б.Генжемуратов сөзи, У.Абдуллаева намасына жазылған “Көркем өнер мәденият Институтымсаң” қосығын хор жәмәәти менен қосыла атқарды.

Усындай үлкен сахналарда өз қәбилетин көрсетип, филиалда тәжирийбели устазлардан билим алып атырған жасларға келешекте көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўында үлес қосатуғын көркем өнер шеберлери болып жетилисиўне тилеклеслик билдиремиз.








Филиал баспасөз хызмети.
![]()