«ҲАҚ ЖОЛ СИЗГЕ ПИТКЕРИЎШИЛЕР» АТАМАСЫНДА ИЛАЖ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.06.2023

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Ҳақ жол сизге питкериўшилер» атамасында илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, питкериўши жасларымызды ҳәм олардың ата-аналарын бүгинги қуўанышлы күни менен қызғын  қутлықлап, келешекте таңлаған кәсибиниң маман қәнигеси болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди. Буннан соң питкериўшилерге ҳәм олардың ата-аналарына Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Филиал администрациясының қутлықлаў хаты тапсырылды. 

Илажда атап өтилгениндей, 2022-2023-оқыў жылында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 8 тәлим жөнелис бойынша 127 студент табыслы питкермекте. Мине бүгин питкериўши жасларымыз жыллар даўамында алған билимлери  нәтийжесинде мәмлекетлик аттестация сынақлары ҳәм питкериў қәнигелик дипломларын табыслы қорғап шықты. Бул ата-ананы, қалаберсе билим берген устазларын үлкен қуўанышқа бөлейди.

Мәмлекетимизде жокары окыў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жоқары билимли жетик қәнигелер таярлаў сапасын арттырыў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда елимизде окыйман, изленемен деген жаслар ушын барлык имканиятлар жаратып берилген. Усындай мүмкиншиликлерден пайдаланған жасларымыз илим-билимлендириў, коркем онер тараўында жокары шеклерди ийелеп, филиал жәмәәтин үлкен қуўанышқа бөлемекте. 2021-2022-оқыў жылында студент-жасларымыз арасынан бир мәмлекетлик стипендия ийеси жетилисип шыққан болса, 2022-2023-оқыў жылында төрт студентимиз мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болыўға миясар болды. Буннан басқа да  көркем өнер бағдарында республикалық ҳәм халықаралық таңлаў жеңимпазларының жетилисип шығыўы жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады.

Бүгин жасларымыз илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжелерге ерисиў менен бирге, үлкен сахналарда өз талантларын корсетип, халқмыз алғысына миясар болып келмекте. Соңғы үш жылдан берли жасларымыз өзлериниң қәбилетлерин көрсетиўде үлкен театр сахналарында өз концерт бағдарламаларын усынып келмекте.

Сийрек ушырасатуғын жағдай быйылғы питкериўшилер арасында 71 жаслы Шыныгүл Досхожаева студентлер қатарында «Саз әсбап атқарыўшылығы» тәлим бағдарын питкерди.

– “Әрманым жоқары мағлыўматылы болыў еди. Мине әрманыма жеттим. Өмириниң сәл кем 50 жылында көркем өнер тараўында мийнет еттим. Ендиги әрманым магистратура басқышына окыўға кириў дейди, – апамыз Ш.Досхожаева қуўанышын ишине сыйдыра алмай.

Илажда бир қатар профессор-окытыўшыларға миннетдаршылық хаты тапсырылып, кеше студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

А.Оразов.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...