ИСШИ ТОПАР АҒЗАЛАРЫ ТАЗА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНА ТАЯРЛЫҚ ҲАЛАТЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 22.08.2023

Бүгин Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Билимлендириў ҳәм илим билимлендириўди раўажландырыў бөлими қәнигелери Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып, жаңа оқыў жылына таярлық ҳалаты менен танысты.

Исши топар ағзалары үйрениў даўамында жаңадан қурылып атырған жатақхана имараты, аудитория, оқыў лаборатория ханалары, сондай-ақ, шебер қоллар орайы ҳәм мәлимлеме ресурс орайы менен танысып, таза оқыў жылына таярлықлар көриў ҳәм оқыў процесин сапалы шөлкемлестириўде барлық зәрүр илажларды көриў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...