
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында таза оқыў жылы алдынан Август айы кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори А.Аяпов басқарып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелерди таныстырып өтти. Дәслеп филиал директоры А.Аяпов Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы муўапық «Режиссёра ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы оқытыўшысы Базарбай Назаримбетовты «Дўстлик» ордени менен сыйлықланғаны менен жәмәәт атынан қутлықлады.

Буннан соң мәжилисте таза оқыў жылына таярлықлар көриў ҳәм оқыў процесин сапалы шөлкемлестириў мәселелери, «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» сүрени тийкарында ғәрезсизлик сабақларын өткериў, оқыў жылының басланыўы менен кафедра ҳәм бөлимлердиң жыллық режелерин тастыйықлаў мәселелери, 2023-2024-оқыў жылы ушын филиалда «Марияш Исмайлова» атындағы стипендиясы таңлаўына талабан зийрек студентлерди усыныў мәселелери, сондай-ақ, күн тәртибиндеги басқада мәселелер бойынша шығып сөйлеўшилердиң баянатлары тыңланды.




Филиал баспасөз хызмети.
![]()