ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНЫҢ БАСЛАНЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ИЛАЖ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 04.09.2023

Елимиздиң барлық аймақларында жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен илажлар өткерилмекте. Усындай илажлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып өтти. Оған филиал профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ата-аналар қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан соң, филиал директоры А.Аяпов ҳәм «Режиссёра ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры Нажиматдин Ансатбаевлар жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы, таза окыў жылының басланыўы, сондай-ақ, быйыл қабыл етилген жасларды студент болыў бахтына ерсикени менен қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, елимизде социал-экономикалық турмысымыздың барлық тараўлары менен бирге билимлендириў системасында да бир катар реформалар әмелге асырылып, келшегимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме раўажланған шахслар етип тәрбиялаў мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 1 500 ге шамалас жасларымыз күндизги ҳәм сыртқы тәлим бағдарда билим алмақта. Жаслар арасынан мәмлекетлик стипендия ийелериниң, сондай-ақ, көркем өнер бағдарында республикалық ҳәм халықаралық таңлаў жеңимпазларының жетилисип шығыўы филиалымыз ушын үлкен мақтаныш есапланады.

Сондай-ақ, билим алып атырған жасларымыз илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжелерге ерисиў менен бирге, үлкен сахналарда өз талантларын көрсетип, халқмыз алғысына миясар болып келмекте. Әлбетте, елимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған жумыслар жаслардың келешекте озық ойлы, маман кадрлар болып жетилисиўинде өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетери анық.

Илаж даўамында «Режиссёра ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры Нажиматдин Ансатбаевты «Ўзбекистон Республикасида хизмат кўрсатган ёшлар мураббийси» ҳүрметли атағы менен, сондай-ақ, «Режиссёра ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы аға оқытыўшысы Базарбай Назаримбетовты «Дўстлик» ордени менен сыйлықланғаны менен қутлықлап, жасларға устазлық етип, ҳәмийше халқымыз ардағында болыўына тилеклеслик билдирди.   

Илаж ғәрезсизлик сабағы менен даўам етти.

 Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...