ҒӘРЕЗСИЗЛИК САБАҚЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 04.09.2023

Жаңа оқыў жылының басланыўы менен барлық жоқары оқыў орынларында ғәрезсизлик сабақлары өткерилмекте. Ғәрезсизлик сабағында «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры Н.Аңсатбаев соңғы жыллары Президентмиздиң басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылған реформалар, халықтыңжасаў шараятын жақсылаў багадарында жүргизилген жумыслар бойынша түсиник берип өтти.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз тийис Н.Аңсатбаев елимиздиң ең уллы, ең әзиз байрамы саналған Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен Ўзбекистон Республикасида хизмат кўрсатган ёшлар мураббийси» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...