Президент басламасы менен студентликке қабылланған жаслар ҳәм олардың ата-аналарына концерт шөлкемлестирилди

Avtor: Gulsara Jartibaeva
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 22.09.2023

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында жайласқан Қарақалпақстан көркем өнер сарайында президент Ш.Мирзиёев пәрманы менен Республикамыздың жоқары оқыў орынларына студентликке қабыл етилген жаслары ушын ажратылған мәмлекетлик грант тийкарында 3 000, төлемли контракт тийкарында 6 500 орын квота ажратылды. Бул хабар Республикамыздың студент-жасларын ҳәм олардың ата-аналарын үлкен қуўанышқа бөледи десек алжаспаймыз.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министирлер Кеңеси, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министирлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, сондай-ақ, республикамыздағы жоқары оқыў орынлары тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Өткерилген концерт бағдарламасынан эстрада жанрындағы қосықлар, аяқ-ойынлар, кеўил ашар сахна көринислери, классикалық ҳәм өзимиздиң миллий көринислер орын алды.

Соның менен бир қатарда жоқары оқыў орынлары студентлериниң мәденият, спорт, оқыў, илим ҳәм көркем өнер таңлаўларында, сондай-ақ, ҳәр қыйлы республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлар, пән олимпиядаларында қолға киргизген жетискенликлери ҳаққында сөз ететуғын көргизбелер шөлкемлестирилди.

Концертте мийманда болған ата-аналар ҳәм студент-жаслар республикамыздағы белгили көркем өнер эстрада қосықшылары ҳәм жоқары оқыў орынларының талантлы студент-жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасында мәдений дем алып қайтты.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...