ЖАСЛАР ТӘЛИМ-ТӘРБИЯСЫ ҲӘМ ИШКИ ТӘРТИП ҚАҒЫЙДАЛАРЫ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН МӘЖИЛИС ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 27.09.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында руўхый-ағартыўшылық ҳәм ишки тәртип қағыйдалары  жумысларының нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар, декан ҳәм декан орынбасарлары қатнасты.

Илажда филиал директоры А.Аяпов руўхый-ағартыўшылық ҳәм ишки тәртип қағыйдалары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, студентлердиң тәртип интизамына итибарлы болыў, оларды илимге, көркем өнерге ҳәм басқа да пайдалы шынығыўларға бағдарлаў, жол-жоба көрсетиў бағдарындағы жумысларымызды еле де жетилистириў, әсиресе, «Әдеп-икрамлық» кодексиниң мазмунын кеңнен үгит-нәсиятлаў кереклигин айрықша атап өтти.

Буннан соң директордың Жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары А.Отепбергенов, директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов ҳәм «Көркем өнертаныў» факультет деканы Г.Ходжаметовалар шығып сөйлеп, жаслар тәлим тәрбиясына, олардың сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў, оларды көбирек керекли, пайдалы ислерге бағдарлаў бәршемиздиң теңдей ўазыйпамыз екенлигин атап өтти.

Өз ара пикир алысыў тәризинде болып өткен илажда ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...