МУҒАЛЛИМЛЕР ҲӘМ УСТАЗЛАР КҮНИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН БАЙРАМ ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 30.09.2023

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни

Өз өмирин жас әўлад тәлим-тәрбиясы ҳәм оларға жол-жоба көрсетиўдей ийгиликли ислерге бағышлаған муғаллимлер ҳәм устазларымызға қанша ҳүрмет көрсетсекте арзыйды. Ҳақыйқатында да, устаз, оқытыўшы, муғаллим ҳәр бир инсанның өмирде өз жолын табыўына, елге, халыққа хызмет ететуғын жоқары адамгершилик пазыйлетлерине ийе инсан болып жетилисиўине бийминнет хызмет ететуғын машақатлы ҳәм пидайы кәсип ийеси болып есапланады.

Сәне мүнәсибети менен пайтахтымыздағы пайызлы орынлардың биринде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият мен институты Нөкис филиалы жәмәәти ушын байрам дастурханы жайылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, жасларға илим-билим сырларын үйретиўдеги машақатлы, жуўапкерли жумысларында табыслар тиледи.

Илаж филиал профессор-оқытыушылары  атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler