
Жоқары оқыў орынларының билимлендириў сапасы ҳәм илимий дәрежелилигин арттырыўда оларда жумыс алып барып атырған профессор-оқытыўшылардың илимий дәрежеси, оқыў әдебиятлар менен тәмийеленгенлиги әҳмийетли есапланады.
Соңғы үш жыл ишинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының илимий дәрежелилик көрсеткишлеринде алдыға илгерлеў сезиледи. Ҳәзирги ўақытта филиалдың илимий дәрежелилиги 44 процентти қурайды. Өткен жылы үш профессор-оқытыўшы PhD илимий дәрежесин қорғаған болса, үш профессор-оқытыўшы профессор илимий дәрежесин, бес профессор-оқытыўшымыз доцент илимий дәрежесин алыўға еристи.
Быйылғы оқыў жылындағы нәтийжелерди айрықша атап өтиўимиз тийис. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясы тәрепинен жети профессор-оқытыўшының профессор илимий дипломы, жети профессор-окытыўшының доцент илимий дипломы тастыййықланды.
Cондай-ақ, 2022-2023-оқыў жылында профессор-оқытыўшылар тәрепинен 20 оқыў қолланба ҳәм сабақлық, 5 Монография, 202 илимий мақала соннан Республикалық журналларда 145, Шет ел журналларында 57, ал, 5 мақала “Web of Science” hám “Scopus” журналларында баспадан шықта. Соның менен бирге, 22 профессор-оқытыўшымыз халықаралық илимий конференcияларда өзлериниң илимий мақалалары менен қатнасты.
Әлбетте, бул әмелге асырылып атырған жумыслардың барлығы филиалдың илимий дәрежесиниң артыўында өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетеди.
Филиал бапсасөз хызмети.
![]()