ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 31.10.2023

Усы жыл 31-октябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал кеңес ағзалары, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Филиал кеңесинде бакалавриат питкериўшилериниң питкериў қәнигелик жумысларының темасын тастыйықлаў ҳәм көркемлик жақтан илимий басшысы бекитиў мәселеси бойынша факультет деканы Г.Ходжаметова баянат жасады.

Сондай-ақ, 2023-2024 оқыў жылы ушын 1-курсқа студентлерди қабыллаў жуўмағы ҳаққында Қабыллаў комиссиясы жуўаплы хаткери Д.Отарбаевтың, 2022-2023-оқыў жылы питкериўшилериниң жумысқа орналасыўы, буйыртпашы шөлкемлер менен бирге ислесиў жумыслары ҳәм нәтийжелери ҳаққында Маркетинг ҳәм студентлер әмелияты бөлими баслығы Парахат Абдрамановтың ҳәм студентлердиң сабаққа қатнасы бойынша Оқыў-методикалық бөлими баслығы Б.Турдыевлардың мәлимлемелери тыңланды.

Филиал кенесинде “Қарақалпақстан мәденияты” газетасының 23-сентябрь №31-32-санларында бос турған лаўазымлар бойынша дағаза етилген таңлаў бойынша есап-санақ комиссиясының жуўмағына бола Д.Айтимова «Китапхана искерлиги» кафедрасы аға оқытыўшы лаўазымына сайланды.   

Сондай-ақ, Кеңесте доцент илимий атақларына талабанлардың ҳүжжетлерин Жоқары Аттестация Комиссиясына усыныў мәселесиде қаралып, кеңес ағзалары тәрепинен мақулланды. Мәжилисте оқыў әдебиятларды муўапықластырыўшы кеңеске усыныў мәселеси бойынша “Халық дөретиўшилиги” факультети деканы Қ.Турдиев ҳәм “Театр көркем өнери” факултети деканы Г.Ходжаметовалардың мәлимлемелери тыңланып, муўапықластырыўшы кеңеске усыныўда Кеңес ағзалары қарсы емеслигин билдирди.

Мәжилис соңында Жоқары Аттестация Комиссиясы тәрепинен тастыйықланып келген профессор ҳәм доцент дипломлары өз ийелерине тапсырылды. Атап айтканда Қурбанбай Заретдинов – Профессор илимий атағы, Жаббарберген Хожанов, Улбиби Абдуллаева ҳәм Гулбахар Бекниязовалар доцент илимий атағы менен сыйлықланды.

“Марияш Исмайлова” атындағы стипендия жеңимпазлары болған “Сахна ҳәм экран көркем өнер драматургиясы” тәлим бағдары 3-курс студенти Гулмира Алданазарова ҳәм “Сахна ҳәм экран көркем өнер драматургиясы” тәлим бағдары 4-курс студенти Нозима Улуғоваларға “Марияш Исмайлова” атындағы стипендия дипломлары салтанатлы түрде тапсырылыды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...