“ТУМАР” АНСАМБЛИНИҢ КОНЦЕРТ БАҒДАРЛАМАСЫ ӨТКЕРИЛДИ  

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 15.12.2023

Өсип киятырған жас әўладтың руўҳый жақтан жетик, саламат ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўда аяқ ойын өнериниң орны айрықша есапланады. Ҳәр бир халықтың аяқ ойын өнеринде сол миллеттиң өзине тән көркем өнери, миллий қәдириятлары ҳәм үрп-әдетлери өз сәўлелениўин табады. Әне усындай халқымыздың өзине тән көркем өнерин раўажландырыў, оны тереңнен үйрениў, сондай-ақ, оның дүнья бойлап танылыўында бир қатар жумыслар алып барылмақта.  

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында студент-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға қарақалпақ, өзбек ҳәм басқа да халықлардың миллий аяқ ойын үлгилерин кеңнен үйретиўде 2018-жылы “Тумар” қосық ҳәм ойын ансамбли шөлкемлестирилди. “Тумар” қосық ҳәм ойын  ансамбли өзиниң шөлкемлестирилгенине быйыл алты жыл толған болса, усы өткен дәўир аралығында елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да илажларында өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, халқмыздың жүрек төринен орын алып келмекте. Ансамблдиң тийкарғы мақсети – студент-жаслар санасына ғәрезсизлигимиз берген бахыт-ығбал, Ўатанға меҳир-мухаббат сезимлерин сиңдириўдей ислерди өзинде жәмлеген. Бул бағдарда «Тумар» қосық хәм ойын ансамбли бул ўазыйпаларды әмелге асырып келмекте. Өзинде талантлы жасларды топлаған «Тумар» аяқ ойын ансамбли репертуарында халқымыз сүйип тамашалайтуғын миллий ҳәм басқа да халықлардың қосық ҳәм аяқ ойынлары орын алған. Бул ансамлге тийкар салыўшы “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы оқытыўшысы, “Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы” көкирек белгиси ийеси, балетмейстер Есназар Халмуратов ҳәзирги ўақытқа шекем ансамблге көркемлик жақтан басшылық етип келмекте.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият инстиутты Нөкис филиалы “Халық дөретиўшилги” кафедрасы тәрепинен «Тумар» қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Оған филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда филиал директоры А.Аяпов, “Халық дөретиўшилиги” факльтети деканы Қ.Турдиевлар шығып сөйлеп, елимизде көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қаратылып атырған итибар, сондай-ақ, жасларды көркем өнердиң барлық түрине кеңнен қамтып алыў бағдарында жүргизилип атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Концерт бағдарламасы даўамында «Тумар» қосық ҳәм аяқ ойын ансамбли тәрепинен туўысқан халықлардың миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылып, қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Илаж соңында “Тумар“ансамбль жәмәәти ҳәм оның көркемлик жақтан басшысы Е.Халмуратовлар “Диплом” менен сыйлықланды.

Гүлмира Алданазарова,

Нурлыбай Сыдыков,

Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы тәлим бағдарының 3-курс студентлери.


Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...