КӨРКЕМ ӨНЕР ЖАНКҮЙЕРИ НАЖИМАТДИН АҢСАТБАЕВТЫҢ 80 ЖАСТА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 23.12.2023

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты, «Мехнат шуҳраты», «Эл-юрт ҳурати», «Дослық» орденлери ийеси, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы», профессор Нажиматдин Аңсатбаевтың 80 жыллық юбилейине бағышланған илаж болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, нураныйлар, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар менен ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан сон, Нажиматдин Аңсатбаевтың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша таярланған ҳүжжетли фильм жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен Нажиматдин Аңсатбаевтың айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен халқымыздың миллий мәденияты ҳәм театр көркем өнериниң раўажланыўы жолындағы мийнетлери айрықша атап өтилди. Ол қарақалпақ, өзбек ҳəм басқа да туўысқан халықлар драматурглериниң 60 тан аслам шығармаларын сахналастырып, көплген шығармаларда қаҳарман образларын дөретти.

Атап айтқанда, «Еки  байға  бир  малай» спектаклинде  Флориндо, «Қəйин ене» спектаклинде Аяз, «Актрисаның  ығбалы» спектаклинде  Əбдираман Өтепов, «Наўайы Астарабад» спектаклинде Алишер Наўайы, «Бердақ» спектаклинде Бердақ, В.Шекспирдиң «Отелло» спектаклинде Кассио, Т.Жумамуратовтың «Тикленген туў» спектаклинде Байхан, А.Бегимов ҳəм Т.Алланазаровтың «Ғəрип ашық» спектаклинде Ғəрип, Т.Сейтжановтың «Əбу  Райхан  Беруний» спектаклинде Мамун  шах, С.Хожаниязовтың «Маманбий» спектаклинде Маман, А.Абдулинниң «Он үшинши председатель» спектаклинде Сагадеев, Б.Жакиевтиң «Əке тəғдири» спектакллеринде Ақылбек сыяқлы баслы роллерди шеберлик  пенен  атқарып  халқымыздың алғысына миясар болды.

Сондай-ақ, Режиссёр сыпатында К.Рахмановтың  «О  дүньяға  мирəт», «Жаралы  жүреклер»,  «Урыны қарақшы басты» М.Каримниң «Ай тутылған түнде», С.Хожаниязовтың «Сүймегенге  сүйкенбе»,  Т.Жумамуратовтың «Тикленген  туў»,  Т.Сейтжановтың  «Абу  Райхан Беруний»,   Қ.Абдиреймов пенен бирге О.Абдирахмановтың «Тирсеклер», А.Абдулинниң «Он үшинши    председатель», А.Қаҳҳардың «Сақ ғарға сағағынан», Б.Жакиевтың «Əке  тəғдири», С.Ахмадтың «Келинлер қозғалаңы», У.Умарбековтың «Өз арзасы  менен»,  Цагарелидиң «Ханума», С.Балғабаевтың «Ең сулыў келиншек», К.Нарқабылдың «Нур саяда қалмайды» спектакллерин сахналастырды. Н.Аңсатбаевты көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымыздың жанкүйери, белгили актёр, режиссёр, сондай-ақ, жаслардың әдиўли устазы сыпатында халқымыз кеңнен таныйды. Оның тараўда атқарған пидайы мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты, «Мехнат шуҳраты», «Эл-юрт ҳурати», «Дослық» орденлери ийеси, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» атақлары  менен сыйлықланды.

Илаж соңында Н.Аңсатбаев аткарған роллерден үзиндилер атқарылып, концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығының орынбасары Р.Зарекеев ҳәм Қарақалпакстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаевлар қатнасты.

Филиал баспасөз хызмети.  

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...