МӘНАЎИЯТ БАҒДАРЫНДА АЛҒА ҚОЙЫЛҒАН ЎАЗЫЙПАЛАРДЫҢ МАЗМУН-ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 25.01.2024

2023-жылдыӊ 22-декабрь күни   Президентимиз басшылығында  Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилиси болып өткен еди. Онда Президентимиз  мәнәўият өмиримизде жаӊа күш, жаӊа ҳәрекетке айланыўы зәрүр екенлигин айрықша атап өтип, бул бағдарда алдымызда турған тийкарғы ўазыйпалар додаланып, 9 бағдар бойынша әҳмийетли басламалар алға қойылды. Солар қатары мәденият ҳәм көркем өнер тараўыныӊ алдына да бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди

Мине усы мәжилисте алға қойылған ўазыйпалардың мазмун-әҳмийетин кеңнен түсиндириўде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларының қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды. Онда Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары М.Ибрагимов ҳәм Б.Алдамуратов, сондай-ақ, ӨзЛиДеП  Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси қәнигеси Э.Бекимбетовалар шығып сөйлеп,  жаслар тәлим тәрбиясында Президентимиз тәрепинен алға қойылған ўазыйпалардың әҳмийети ҳәм жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық идеялар тийкарында тәрбиялаўда мәденият ҳәм көркем өнер тараўы алдына қойылған ўазыйпаларды айрықша атап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, мәжилисте мәмлекетимиз басшысы руўхый-ағартыўшылқ жумысларды алып барыўда 9 бағдарда өз пикирлерин билдирип, әҳмийетли басламаларды алға қойды. Әҳмийетли басламалардың үшинши бағдары театр көркем өнерин раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды алға қойып, жасларымызды миллий ҳәм улыўма дүньялық идеялар тийкарында тәрбиялаўда театр өнериниң  орны айрықша екенлиги атап өтилип, айдың бир күни «Театр күни» деп жәриялаў бойынша баслама көтерди. Әлбетте, жасларды миллий ҳәм улыўма дүньялық идеялар тийкарында тәрбиялаўда мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият тараўының орны айрықша есапланады.  

Сондай-ақ илажда нызамшылықтағы өзгерислер ҳәм Өзбекстан либерал демократиялық партиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар бойыншада түсиник берилди.  

Илаж соңында студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...