ИНСТИТУТ ҲӘМ МЕКТЕПЛЕР АРАСЫНДА БИРГЕ ИСЛЕСИЎ БАҒДАРЫНДАҒЫ ЖУМЫСЛАР

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 02.02.2024

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер бағдарында улыўма орта билим бериў мектеплери, сондай-ақ, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери менен өз ара бирге ислесиў, оларды методикалық жақтан қоллап-куўатлаў, жаслардың көркем өнерге болган қызығыўшылығын арттырыў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.  

Бүгин Техноген ҳәм көркем өнертаныў факультети деканы К.Заретдинов, «Техноген көркем өнери» кафедрасы баслығы М.Абдреймов ҳәм усы кафедраның оқытыўшысы Қ.Жумановлар Бозатаў, Кегейли ҳәм Шымбай районындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери жәмәәти ҳәм оқыўшылары менен ушырасты. Илажда филиал турмысы, етискенликлер, тәлим бағдарлары ҳәм студент-жаслардың қолға киргизген табыслары ҳаққында мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, ушырасыўда питкериўши жаслар менен сәўбетлесип, олардың көркем өнерге болған кызығыўшылғын арттырыўда шеберлик сабағы да өтилди.

Филиал баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...