«ӨЗБЕКСТАН – УЛЫЎМА ҮЙИМИЗ» АТАМАСЫНДА ТЕАТРЛАСТЫРЫЛҒАН КОНЦЕРТ БАҒДАРЛАМАСЫ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.03.2024

Усы жылдың 5-март күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында театрластырылған концерт бағдарламасы болып өтти. Оған кең жәмийетшилик ўәкиллери, филиалдың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, сондай-ақ, пайтахтымыздағы «Қосбулақ» ҳәм «Каттағар» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик коркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, елимизде миллетлераралық татыўлық, дослықты беккемлеўге қаратылған жумыслар, сондай-ақ, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди еле де жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап, мийнет етпекте. Сондай-ақ, олардың үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қарап, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша итибар қаратылған. Бул бағдарда мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллериниң өз ана тили, көркем өнер ҳәм мәденияты, миллий қәдириятларын раўажландырыўда 150 ге шамалас мәдений орайлар нәтийжели жумыс алып бармақта. Ҳәзирги күнде республикамызда рус, украин, қазақ ҳәм түркмен миллий мәдений орайлары менен корейс­лер ассоциациясы жумысы жолға қойылған.  Көп миллетли хал­қымыз бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, елимизди  раўажландырыў  жолында мийнет етпекте. Әлбетте, миллетлераралық татыўлық шеңберинде алып барылып атырған жумыслардың бәршеси елимиздиң гүллеп раўажланыўы, халқымыздың аўызбиршиликте абадан ҳәм татыў турмыс кешириўине қаратылғанлығы менен әҳмийетли есапланады.

Буннан соң, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти ҳәм студент-жаслар тәрепинен туўысқан халықлардың үрп-әдет дәстүрлери, миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.

Әнжим Джуманиязова, Сәрбиназ Дәўлетназарова,

Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы тәлим бағдарының 3-курс студентлери.


Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...