ФЕРҒАНА САПАРЫ НӘТИЙЖЕЛИ ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.03.2024

Хызмет сапары

Ташкент каласындағы таяныш окыў орнымыздың ректоры Э.Шерманов филиалымызға болған сапарында профессор-оқытыўшылар ҳәм бөлим хызметкерлериниң билим ҳәм ис көнликпелерин арттырытыўда тәжирийбе алмасыўдың әҳмийети ҳәм бул бағдарда жумысларды системалы жолға қойыў кереклиги бойынша пикир-усынысларын билдирген еди.

Бул бойынша жумыслар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында нәтийжели жолға қойылған болып, бир қатар профессор-окытыўшылар ҳәм бөлим хызметкерлери ташкент қаласындағы оқыў орнына барып ис көнликпелерин арттырыўда тәжирийбе алысып қайтпақта.

Усы жерде айтып өтейин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының еки филиалы бар болып, биреўи Нөкис қаласында, екиншиси Ферғана қаласында жайласқан.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана аймақлық филиалы 2017-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде филиалда бир «Театр көркем өнери ҳәм халық дөретиўшилиги» факультети, оның қурамында «Театр көркем өнери», «Халық дөретиўшилиги», «Социал-гуманитар ҳәм китапханатаныўшылық», «Сахна сөзи ҳәм көркем өнертаныў» ҳәм «Саз-әсбап атқарыўшылығы ҳәм музыкалы теориялық пәнлер» кафедралары ҳәрекет етип келмекте. Филиалда ҳәзирги ўақытта «Театр актёрлығы», «Музыкалы театр режиссёрлығы», «Қуўыршақ театр актёрлығы», «Фольклор ҳәм этнография», «Қосық ҳәм ойын», «Китапхана искерлиги» тәлим бағдарлары бойынша бес жүзден артық студент билим алмақта.

Усы жыл 16-март күни жумыс бағдарында тәжирийбе алмасыў мақсетинде Өзбекстан мәмле кетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Ферғана аймақлық филиалында хызмет сапарында болдым.

Хызмет сапарының дәслепки ушырсыўы филиалдың Кеңес хаткери Муножатхон Асқарова менен болды. Ушырасыўда жумыс бағдары бойынша тәжирийбе ҳәм жумыс нәтийжелелигин арттырыў, режелердиң орынланыўы бойынша пикир алысыўлар болды. Буннан соң, филиал директорының Оқыў ислер бойынша орынбасары А.Саттаров, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Р.Ўтаганов ҳәм баспасөз хызмети басшысы И.Ҳасоновлар менен де ушырасып, оқыў орны турмысы, 2022-жылдағы рейтинг нәтийжелери, студентлердиң қолға киргизген табыслары, руўхый-ағартыўшылық, илимий искерлик бағдарындағы жумыслар бойынша сәўбетлесиў болды. Сәўбетлесиў даўамында алдағы ўақытлары Нөкис қаласына хызмет сапарын шөлкемлестирип, оқыў процеси, илимий искерлик бағдарлары бойынша тәжирийбе алмасыў нийети бар екенлигин билдирип өтти.

Әлбетте, бундай ис көнликпе бойынша тәжирийбе алмасыўлардың жолға қойылыўы – жумыс нәтийжелилигин арттырытыўда ҳәм жумысқа болған жаңаша көз қарасларды пайда етиўде әҳмийетли есапланады деп ойлаймыз.

А.Оразов,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңес хаткери.

Сүўретлерде: оңнан солға қарай Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, профессор, К.Юлдашев, директор орынбасарлары А.Саттаров, Р.Ўтаганов ҳәм баспасөз хызмети басшысы И.Ҳасоновлар.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...