ВИДЕОСЕЛЕКТОРДАН СОҢ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНИП АЛЫНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 21.06.2024

Хабарыңыз бар, усы жыл 20-июнь күни Президентимиз басшылғында «Инно» инновациалық оқыў-ислеп шығарыў технопаркине барып, инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары оқыў орынлары жумысын және де жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Видеоселекторда Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында мәжилис болып өтти.

Мәжлиске директор орынбасарлары, декан ҳәм кафедра баслықлары қатнасты. Илажда филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов шығып сөйлеп, видеоселекторда атап өтилген мәселелерден келип шығып, илим, билимлендириў ҳәм инновациялық искерлик бағдарындағы жумысларды жетилистириў кереклигин атап өтти. Сондай-ақ, мәжилисте питкериўши студентлердиң бәнтлиги, профессор-оқытыўшылардың билиин жетилистириў, илимий жойбарлар, илимий жумысларға патент алыў, ислеп шығарыўшы кәрханалар менен бирге ислесиў бағдарындағы жумысларды жетилистириў кереклиги де атап өтилди.

Илаж соңында жоқарыда атап өтилген мәселелерди өз ўақтында орынлаў кереклиги бойынша ўазыйпалар белгиленип алынып, бул бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Филиал  баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...