ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 27.06.2024

Усы жыл 27-июнь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған Кеңес ағзалары қурамындағы кафедра баслықлар, бөлим баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырып өтти. Филиал кеңеси мәжилисинде «Атқарыў тәртибинде ҳүжжетлердиң орынланыўы ҳаққында” Физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен ислесиў, қадағалаў ҳәм мониторинг бөлими баслығы Ш.Дощановтың, “2024-2025-оқыў жылы ушын исши оқыў режелер, исши пән бағдарламаларын, сондай-ақ, Кафедраның 2024-2025 оқыў жылына ҳүжжетлер жыйнағын тастыйыклаў ҳаққында” Оқыў-методикалық бөлими баслығы Б.Турдыевтың, Филиал басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеминиң жыллық есабы бойынша “Басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеминиң баслығы Б.Бекжановлардың мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилисте ағымдағы мәселелер бойынша доцент илимий атағы ушын талабанлардың ҳүжжетлерин Жоқары Аттестация Комиссиясына усыныў мәселеси, оқыў әдебиятларды додалаў, баспаға ҳәм муўапықластырыўшы кеңеске усыныў мәселелери қаралаып, шешим қабыл етилди. Мәжилис соңында «Көркем өнертаныў» кафедрасы оқытыўшысы О.Қдырниязова ҳәм “Мәденият искерлиги” кафедрасы окытыўшысы Г.Абиповаларға Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы тәрепинен тастыйықланған доцент илимий атақлары тапсырылды. Сондай-ақ, «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен баспасөз хаткери Ҳ.Турсынбаева ҳәм А.Оразовларға “Ҳүрмет жарлық” ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.  

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...