Усы жыл 29-август күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаңа оқыў жылына таярлық көриў ҳәм алдағы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти. Оған директор орынбасарлары, факультет деканлары, кафедра баслықлары ҳәм бөлим баслықлар қатнасты.

Мәжилисте филиал директоры А.Аяпов күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жаңа оқыў жылына таярлықлар көриў ҳәм оқыў процесин сапалы шөлкемлестириў, жоқары уйымлардан келген хатлардың олрынланыўы, окыў жылы басланыўы мүнәсибети менен студентлердиң тәлим-тәрбиясы, тәртип-интизам, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклигин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, илажда студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды дөгереклерге қамтып алыў бойынша режелер ислеп шығыў, быйылғы қабыл етилген студентлерге ижара үйлерин табыўы ҳәм жайғасыўы ушын әмелий жәрдемлер көрсетиў мәселелериде атап өтилди. Мәжилис соңында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()