Мектеплер менен ислесиўде нәтийжели жумыслар алып барылмақта

Avtor: uzdsminfadmin
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.05.2021

Өзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы тәрепинен бириктирилген мектеплер менен тығыз бирге ислесиўде нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Филиал профессор-оқытыўшыларының қатнасында Кегейли районы Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары менен ушырасыў шѳлкемлестирилди.

Онда Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы, доцент Қ.Қалекеев, филиал кәсиплик аўқамы баслығы Б.Бегжановлар шығып сөйлеп, елимизде жасларға жаратылған имканиятлар ҳәм усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, жоқары оқыў орынларына кирип, келешекте таңлаған кәсибиниң жетик устасы  болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди. Буннан соң, Президентимиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламасы тийкарында жасларды музыка, әдебият, театр ҳәм көркем өнерге бағдарлаўға қаратылған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўына белсене қатнасқан оқыўшыларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...