ШЕБЕРЛИК САБАҒЫН ӨТТИ

Avtor: uzdsminfadmin
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.05.2021

Өзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы профессор-оқытыўшыларының қатнасында Нѳкис қалалық Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары менен ушырасыў шѳлкемлестирилди.

Онда «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы К.Заретдинов, «Режиссура ҳәм актёрлық шеберлиги» кафедрасы доценти М.Исмайлова ҳәм усы кафедраның аға оқытыўшысы Г.Бекниязова, сондай-ақ, «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Н.Каллибековлар оқыўшылар менен сәўбетлесип, оларды музыка, театр ҳәм көркем өнерге бағдарлаўға қаратылған шеберлик сабақларын өтти. Шеберлик сабағы даўамында оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...