Бизге туўры жол ҳәм илимге жетелеўши қурал бул – китап саналады.
Китапты қаншели сүйип оқысақ көп нәтийжелерге ерисиўге жетелейди. Сонлықтан да «Жаслықта алған билим тасқа ойылған нағыс сыяқлы» деп бийкарға айтылмаған.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Жаслар аўқамы тәрепинен жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўда тьютор қәнигелери менен биргеликте китапқумар ҳәптелиги шөлкемлестирилди.



Хәптеликтиң биринши күни «Жас китапхан» клубы ағзалары жазыўшы шайырлардың шығармаларынан үзиндилер оқып, өз-ара пикир алысты.
Әлбетте, бундай илажладың шөлкемлестирилиўи жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў ҳәм сөз шеберлигиниң артыўында әҳмиейтли есапланады.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()