Быйыл Өзбекистан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 29 жыл толды. Конституция ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған Тийкарғы нызам есапланады. Сәне мүнәсибети менен Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып өтти. Оған суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллери, сондай-ақ, студент-жаслар қатнасты. Илажды Илимий ислери ҳәм инновация бойынша директор орынбасары Н.Хамидов басқарып барды.
Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.



Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Судының судиясы С.Қайыпназарова ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Карақалпақстан Республикасы басқармасы аға инспекторы А.Қуўанышовлар шығып сөйлеп, Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы болып, инсан мәплери, оның ҳуқықлары, еркинликлери, ар-намысы ҳәм қәдир қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтти.



Илаж сонында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Филиал баспасөз хызмети.
![]()