Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында байрам илажы шөлкемлестирилди.
Оған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда Жаслар мәселелери, руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Т.Хожаназаров шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.



Илажда тил байрамына байланыслы ролик хәм баска да номинациялар бойынша жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.




Байрам кешеси филиал жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.





Филиал баспасөз хызмети.
![]()