Хабарыңыз бар, елимиздиң ҳәр бир аймағында билимли жасларды анықлаў мақсетинде Президент мектеплери шөлкемлестирилди. Президент мектебинде жасларға анық пәнлер ҳәм шет-тиллерин тереңнен үйретиў менен бирге, олардың көркем өнер үлгилерин өзлестириўине де айрықша итибар қаратылған.
Нөкис қаласындағы Президент мектеп оқыўшыларының көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм оларда көнликпелерди пайда етиўде 2021-жыл Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм Президент мектеби арасында мумарандум дүзилген.
Бүгинги күнде Президент мектебинде драма ҳәм қуўыршақ театры дөгереклери жолға қойылған болып, филиал профессор-оқытыўшылары менен тығыз бирге ислесип келмекте.
Мемарандумға тийкар «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы аға оқытыўшысы Н.Примбетова ҳәм Президент мектебиниң ана-тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Ҳ.Абдижаббаровалардың авторлығында «Мектепте куўыршақ театры» атамасында методикалық қолланба жаратылды.


Әлбетте, бул оқыўлық жаслардың көркем өнер сырларын тереңнен үйрениўинде хызмет етеди деп ойлаймыз.

Филиал баспасөз хызмети.
![]()