Соңғы жыллары елимизде сырт ел жоқары окыў орынлары менен өз ара байланысларды жолға қойыў ҳәм академиялық тәжирийбе алмасыўға айрықша итибар каратылмақта. Усы жыл 6-декабрь күни Қазақстан Республикасының М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан университетиниң «Өнер» кафедрасы профессор-оқытыўшылары филиалда мийманда болды.
Дәслеп, филиал директоры А.Аяпов ҳәм мийманлардың қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда еки ел арасында дослық қатнасыўклары беккемленип, илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўында өз ара тәжирийбе алмасыў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.


Буннан соң, М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан университети «Өнер» кафедрасы аға оқытыўшылары Б.Шикиртаев ҳәм Е.Жолдасовлар «Драматик театр режиссёрлығы», «Драматик театр актёрлығы» ҳәм «Кино-телеоператорлық» тәлим бағдары 1-курс студент-жасларына «Режиссура» ҳәм «Кинодраматургия ҳәм режиссура тийкарлары» пәнлеринен сабақ өтти.





2019-жыл 14-майдағы еки тәреплеме келисилген меморандумға тийкар бул тәжирийбе алмасыў илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўда жаңа инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм өз ара байланысларды беккемлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.
Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, 2020-жыл филиалдан еки профессор-окытыўшы М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан университетинде мастер класс өтип қайтқан болса, 3 студент усы университетте шөлкемлестирилген академиялық тәжирийбе алмасыӯ бағдарламасына қатнасып қайтты. Сондай-ақ, 2019-жыл декабрь айында М.Аўезов атындағы Қазақстан мәмлекетлик университети «Өнер» кафедрасының профессор-оқытыўшылары да филиалда болған еди.
Академиялық тәжирийбе алмасыў даўам етпекте.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()