«Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» cүрени тийкарында «Дин нықабындағы экстремизм – жаслардың келешеги ушын қәўип» атамасындағы саўбетлесиў кешеси

Avtor: uzdsminfadmin
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 12.11.2021

Мәжилисти Н.Ҳамидов-Или мий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары күн тәртибиндеги мәселелер менен ҳәм мәжилиске келген мийманлар менен таныстырып өтти. Ол өз сөзинде күн  тәртибиндеги маселелер бойынша «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени тийкарында «Дин нықабындағы экстремизм – жаслардың келешеги ушын қәўип» атамасында үгит-нәсият жумысларын күшейттириў мақсетинде режесин таныстырып өтти.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша А.Жолаўшиев -Мухаммед Ибн Аҳмад аль Беруний орта арнаўлы Ислам билим журты оқытыўшысы , сөзге шығып бүгинги глобалласыў дәўиринде жасларды бузғыншы идеяларға баслаўшы диний экстремистлик ағымлар хәм олардың тәсирине түсип қалыўдың алдын алыў бойынша кең түрде түсиник берди, ҳәзирги ўакытта терроризм ҳәм диний экстремизм иллетлериниң күшейиўине жол коймаў, жасларымыздың билмей кирип кетиўиниң алдын алыў мәселелерин хәр бир ата-ананың миннети екенлигин айтып түсиндирип өтти.Ислам дини әтираптағыларға қол менен де, сөз бенен де зыян жеткизбейтуғын, ҳәттеки майда жанзатларғада азар бермейтуғын тек ғана меҳр-мухаббатқа жетелейтуғын ең гөззал дин екенлигин, мусылман болыўдың өзи үлкен бахт екенлигин, тыныш татыў елимиздың қәдрине жетиўимиз кереклигин айтып өтти. Бүгинги күнде инсаниятқа қәўип салып турған диний экстремизм, терроризм сыяқлы ағымлардың өзлеринше халифалық дүзип Ислам динин нықаб етип өзлериниң жаўыз нийетлерин әмелге асырып атырғанлықларын ашыныў менен тилге алды.

С.Абатбаев-Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы сөзге шығып Бугинги күнде жасларымызды руўхый жақтан жетик, Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм ҳәр қыйлы бузғыншы идеяларға қарсы тура алатуғын саламат пикирге ийе әўлад болып қәлиплестириўде бундай өткерилип атырған илажлардың орны айрықша екенлигин айтып өтти.Бүгинги күнде жасларымызға бир қанша имканиятлар жаратылып берилип атырған бир пайқтта жасларымыздың  спорт тараўы болама, мәденият тараўы болама яки басқада тараўларда өзлериниң талантларын көрсетиўлерин тек ғана алға ҳәрекет етиўлерин, келешекте пәрәўан турмыс кешириўлерин тилеп қалды. 

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...