ДИРЕКТОР ҲӘМ ЖАСЛАР АТАМАСЫНДА УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 17.12.2021

Ҳәзирги ўақытта елимизде «Өзбекстан жаслары форумы – 2021» фестивалы өткерилмекте. Фестиваль шеңберинде түрли мәдений илажлар, таңлаўлар ҳәм ушырасыўлар өткерилиўи белгиленген.   

Усы фестиаваль шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Директор ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, жоқары билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, Президентимиз тәрепинен жаслар ушын кең имканиятлар жаратып берилгенин айрықша атап өтти. Усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, сабақтан бос ўақытлары илим-билим, көркем өнер сырларын өзлестириў, сондай-ақ, спорт пенен шуғылланыў, көбирек китап оқыў арқалы билимлеримизди беккемлеп барыў кереклиги бойынша пикир усынысларын билдирди.

Илажда филиал ишки тәртип ҳәм әдеп-икрам қағыйдаларына әмел етиў, сөйлеў мәденияты, қарым-катнас ҳәм кийиниў мәдениятына әҳмийет қаратыў кереклиги бойынша да түсиниклер берилди.  

Ашық-айдын сөйлесиў тәризинде болып өткен ушырасыўда жаслар  өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Жаслардың пикир усыныслары тийкарында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...