Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Көкем өнертаныў» факультети тәрепинен мәжилис өткерилди.
Оған факультет деканы, декан орынбасарлары, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Илажды факультет деканы Г.Ходжаметова басқарып барды. Мәжилисте тийкарынан жаслар тәлим-тәрбиясына итибар қаратыў, олардың сабақларға өз ўақтында келиўи, қалдырған саатларын қайта өзлестириў, соның менен бирге, студентлердиң жаңа жыл дем алыс ўақтында ата-анасының қасында болыўын қадағалаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.


Сондай-ақ, 2021-2022-оқыў жылының биринши ярымында профессор-оқытыўшылар тәрепинен ашық-сабақлардың өтилиўи, өз ара сабақларға кириў бойынша исленип атырған жумыслар, питкериў қәнигелик жумысларының орынланыў барысы, және «HEMIS» бағдарламасына мағлыўматлардың жайғастырылыўы бойынша алып барып атырған жумыслардың барысы ҳаққында кафедра баслықларының мәлимлемеси тыңланды.



Буннан басқа да мәжилисте ағымдағы мәселелер қаралып, ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()