ЖАҢА ЖЫЛ САЎҒАЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 27.12.2021

Жаңа жылдың кирип келиўине де санаўлы күнлер калды. Жаңа жыл аршасы, ондағы рәң-бәрең безеклер – булардың барлығы пайтахтымыз жамалына шырай қосып, кеўиллерге өзгеше қуўаныш бағышламақта.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Мәденият сарайында жаңа жыл алдынан байрам илажы шөлкемлестирилди.

Дәслеп филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп, бәршени кирип киятырған жаңа жыл менен қызғын қутлықлап, халқымыз ийгилиги жолындағы дөретиўшилик ислерине табыслар тиледи.

Бунна соң филиал кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған жаңа жыл саўғалары тапсырылды. Соңынан «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы оқытыўшысы М.Юсупбаев жыйналғанларға жаңа жыл байрам қосығын оқып берди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...