«Айдынлар» фильминде бас роллерди Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслары Арман Барақов «Сейит» ҳәм Гүлжахан Палуаниязова «Қызларгүл» образында роль аткарған.
Фильмде Арал тәғдири, оның кешеги ҳәм бүгинги күни сүўретленген. Соның менен бирге, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен Мойнақ районында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар, жаңаланыўлар ҳәм өгерислер ҳаққында кең түрде сөз етиледи.
Арман Барақов ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институы Нокис филиалында «Музыкалы театр режиссёрлығы» тәлим бағдарының 2-курсында оқып атыр. Ол дәслепки дөретиўшилик жумысларын қысқа метражлы фильмлерден баслаған. Соңынан «Пушайман» ҳәм «Сейф» фильмлери, сондай-ақ, «Аталар сөзи, ақылдың көзи» сыяқлы көрсетиўлерде роль атқарып келмекте.
Ал, Гүлжахан Палуаниязова филиалдың сыртқы бөлиминде Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы тәлим бағдары 1-курсында оқып атыр.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()