Елимизде социаллық қорғаўға мүтәж, ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм жетим балалар мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып келинбекте.
Хожели райынындағы 1-санлы Мехрибанлық үйинде тәрбияланған М.Абдуллаева ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 3-курс «Музыкалы театр актёрлығы» тәлим бағдарында билим алмақта. Мәмлекет тәмийинлеўинде болғанлықтан оған мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр айда социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдемлер өз ўақтында берилип келинбекте.
Жақында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен М.Абдуллаеваның ҳал-жағдайынан хабар алынып, материаллық жәрдем пуллары ҳәм хожалық буйымлары апарып берилди.

Өз гезегинде ол усындай көрсетилип атырған ғамқорлықлардан кеўли тасып, Ҳүкимет ҳәм тараў басшыларына өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()