РАЎАЖЛАНЫЎ СТРАТЕГИЯСЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ КЕҢ ТҮСИНДИРИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 15.02.2022

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде өткен бес жыл даўамында мәмлекетимиздиң социал-экономикалық, сиясий  турмысында, сондай-ақ, илим-билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларында түпкиликли реформаларды әмелге асырыўда тийкарғы ҳүжжет болып хызмет етти.

Бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январда «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Елимизде әмелге асырылып түпкиликли реформалар ҳәм бул бағдардағы илажлардың избе-излигин ҳәм турмысымызды буннан былайда абат етиўге қаратылған бул раўажланыў стратегиясында жети әҳмийетли бағдарға айрықша итибар қаратылған.

Ҳәрекетлер стратегиясынан раўажланыў стратегиясында – инсан қәдирин көтериў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетти буннан былай да раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў, мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў, миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў, әдил социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў, руўхый раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм тараўды жаңа басқышқа алып шығыў,  миллий мәплерден келип шыққан ҳалда улыўма инсаныйлық машқалаларға қатнас жасаў, сондай-ақ, мәмлекетимиз қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық-айдын, прагматикалық ҳәм жедел сыртқы сиясат алып барыў баслы бағдар етип алынған.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген әҳмийетли бағдарлардың мазмун-мәнисин студент-жаслар арасында түсиндириўде илаж шөлкемлестирилди.

Илажда филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында нәзерде тутылған тийкарғы бағдарларда белгиленген ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасраы А.Өтепбергенов, Жаслар аўқамы жетекшиси Ж.Бердимуратовлар Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген жети тийкарғы бағдар ҳәм оны әмелге асырыўға қаратылған жүз мақсет ҳәм көрсеткишлер ҳаққында мағлыўматлар берди.

Пикирлесиў тәризинде болып өткен илажда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...