Жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының дәслепки байрамы «8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» меҳрийбан аналарымыз, дилбар қызларымыз, шаңарағымыздың уйытқысы болған үй бийкелерине деген айрықша ҳүрметтиң көриниси сыпатында тән алынады. Сәне мүнәсибети менен елимиз ҳаял-қызларын, қалаберсе жәмәәтимиз ҳаял-қызларын байрам менен қызғын қутлықлайман.
Жаслардың келешекке исенимли қәдем таслап, жәмийетте, турмыста өз орнына ийе болыўында, оқытыўшы ҳаял-қызларымыздың мийнети айрықша. Бүгинги күнде филиалда жасларға илим-билим сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 47 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олардың арасында 5 илим кандидаты, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелери де бар.

Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде филиалға көп жыллық мийнети сиңген ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған бес профессор-оқытыўшы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң буйрығы менен «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси сыйлықланады.

Уразова Лариса Карамовна «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасы баслығы.
Сапарбаева Гулшира Абатбаевна «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» кафедрасы баслығы.
Бегжанова Айнура «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасы аға оқытыўшысы.
Примбетова Назира Рейпназарова «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы аға оқытыўшысы.
Хожанова Мехрибан Жаббарбергеновна «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы аға оқытыўшысы.
Өз гезегинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине филиал профессор-оқытыўшыларын қоллап-қуўатлаў бағдарында биргеликте жумыс алып барғаны ушын миннетдаршылық билдиремиз.
Бәрше ҳаял-кызларды және бир мәрте байрам менен қутлықлап, шаңарақларыңызға аманлық, беккем аўызбиршилик, халқымыз абаданлығы жолындағы ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймен.
Бахтымызға ҳәмийше аман болың,
Әзиз ҳаял-қызлар!
Ҳүрмет пенен,
Аяпов Аманжол Тлепович.
![]()