Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң қатнасыўында илаж шөлкемлестирилди.
Ушырасыўды Ҳаял-қызлар мәселеси бойынша директор мәсләҳәтшиси О.Қдырниязова басқарып барды. Онда Нөкис қаласы 4-санлы ИИБ баслығы К.Пирниязов, Нөкис қаласы жол ҳәрекети қәўипсызлиги бөлими баслығы Е.Мусағалиев, 4-санлы ИИБ профикактика инспекторы Р.Алимбетов ҳәм Филиал директоры мәсләҳәтшиси Қ.Якубовлар сөзге шығып, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларды болдырмаў, оның унамсыз ақыбетлери, жолларда ҳәрекетленгенде жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.


Сондай-ақ, илаж даўамында студент-жасларға бос ўақытларын мазмунлы өткериўде көбирек китаплар оқыў, спорт пенен шуғылланыў ҳәм басқа да дөгереклерге қатнаў, сабаққа өз ўақтын келиў, кийиниў мәдениятына әмел етиў, социаллық тармақлардан нәтийжели пайдаланыў кереклиги бойынша түсиниклер бериди.

Илаж даўамында студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Филиал баспасөз хызмети
![]()