27-март Халықаралық театр күни
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28- «Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 5-январьдағы «2018-2022 жылларда мәмлекетлик театрлардың техникалық базасын беккемлеў ҳәм олардың жумысын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы менен биргеликте «Бизиң театр» атамасында илимий-әмелий әнжуман болып өтти.
Оған көркем өнер тараўы ўәкиллери, илимпазлар, театр сыншылары ҳәм филиал студент-жаслары, сондай-ақ, ғалаба хабар куралларының хызметкерлери қатнасты.



Әнжуманды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры директоры А.Ниетуллаев басқарып барды. Онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ.Заретдинов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы доценти, театр сыншысы Ж.Хожановлар шығып сойлеп, соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўында әмелге асырылып атырған рефорлар, сондай-ақ, театрдың кешги ҳәм бүгинги күндеги хызметклери ҳаққында айрықша токтап өтти. Буннан соң, театрдың көркемлик жақтан басшысы Б.Баймурзаев «Қарақалпақ театры режиссурасы қәлиплесиў жоллары», Театрдың әдебий бөлим баслығы Г.Рахманова «Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры репертуарының өзине тәнлиги» атамаларында баянат жасады.


Сондай-ақ, әнжуманда Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Сахна ҳәм экран драматургия»сы тәлим бағдарының 2-курс студенти Н.Улуғова «Қырық қыз» спектаклиниң сахналастырылыў әҳмийети», Сахна ҳәм экран драматургия»сы тәлим бағдарының 2-курс студенти И.Ешниязов «Ертек жақсылыққа жетелейди», «Сахна ҳәм экран драматургия»сы тәлим бағдарының 2-курс студенти Ф.Алмарданова «Театр дурданалары» ҳәм «Сес режиссёры»сы тәлим бағдарының 2-курс студенти Ш.Реймова «Сес режиссёры ҳәм телевидение» атамаларында баянат жасады.



Илаж даўамында студент-жаслар тәжирийбели қәнигелер менен сәўбетлесип, өзлерине керекли болған көплеген мағлыўматларға ийе болды.

Әлбетте бундай әнжуманлардың шөлкемлестирилиўи жас әўладты миллий идея, Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда, сондай-ақ, олардың маман кадрлар болып жетилисиўинде әҳмиейтли болып табылады.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()