Усы жыл 31-март күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында илимий кеңес болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.
Илажды Филиал директоры, филиалогия илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Мәжилисте Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов шығып сөйлеп үлкемиз бойлап өткерилген Наўрыз улыўмахалық байрамы шеңберинде әмелге асырылған мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар, филиалға бириктирилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм нураныйлар ҳал-жағдайынан хабар алыўда алып барылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Буннан соң, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеев шығып сөйлеп, 2021-жылының дәслепки Рейтинг көрсеткишлери бойынша өткен жылғы рейтинг нәтийжелери менен салыстырлмалы мағлыўмат берип өтти. Сондай-ақ, мәжилисте оқыў бөлими баслығы Б.Турдыев 2021-2022 оқыў жылы 4-курс студентлериниң питкериў алды әмелияты жумысларының барысы ҳаққында баянат жасаған болса, Көркем өнертаныў факультети деканы Г.Ходжаметова студент-жаслар менен тығыз бирге ислесиўде «Устаз-шәкирт» бағдарында алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.




Мәжилисте, «Ҳалық дөретиўшилиги» кафедрасы басығы З.Бекбергенов, Сыртқы бөлим баслығы Д.Пахратдинов, Санлы технологиялары орайы баслығы Қ.Нурекеев, Физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлары менен ислесиў, қадағалаў ҳәм мониторинг бөлими баслығы Ш.Дощанов ҳәм Филиал баспасөз хаткери А.Оразовлардың мағлыўматлары тыңланды.

Илаж соңында «Ислам Каримов» атындағы мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазы болғаны ушын Кино телевидение режиссёрлығы тәлим бағдары 3-курс студенти А.Алламуратов диплом, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик стипендиясы, «Ибрайым Юсупов», «Төлепберген Қайыпбергенов» стипендия таңлаўларына белсене қатнасқан студентлер сертификат пенен сыйлықланды. Соның менен бирге, Ташкент қаласында өткерилген Наўрыз улыўмахалықлық cалтанатлы байрам илажының көтериңки руўхта өтиўинде белсене қатнасқан профессор-оқытыўшылар ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.












Филиал баспасөз хызмети.
![]()