Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Фольклор ҳәм этнография тәлим бағдары 1-курс студентлериниң қатнасыўында Қарақалпақстан халық бақсысы, «Меҳнат шухрати» ордени ийеси Гүлнара Алламбергенова менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўды «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Л.Маҳаммаддинова алып барлы. Онда Г.Алламбергенова студент-жасларға қарақалпақ халқының әсирлер даўамында жетилистирип келген миллий қәдириятлары ҳәм бийбаҳа фрольклор-этногрфиялық дөретпелери, соның менен бирге, бақсышылық көркем өнерин қәстерлеп сақлаў, келешек әўладқа сап ҳалатында жеткериў кереклиги бойынша түсиник берди.


Сондай-ақ, илажда Халқымыздың бийтәкирар бақсышылық көркем-өнериниң дүнья бойлап танылыўында 2021-жыл 16-декабрь күни ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасты сақлаў ҳүкиметлераралық комитети тәрепинен бақсышылық көркем өнери Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине киргизилди. Әлбетте, бул дүнья жәмийетшилигиниң халқымыздың бийбаҳа бақсышылық көркем өнерине болған үлкен ҳүрмет-итибарының айқын көриниси екенлигин атап өтти.
Буннан соң мийман өзиниң дөретиўшилиги ҳәм қолға киргизген табыслары ҳаққында сәўбетлесип, бақсышылық көркем өнери бойынша шеберлик сабағын өтти.
Илаж соңында студент-жаслар шеберлик сабағын өткени ушын өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.

Филиал баспасөз хызмети.
![]()