СПОРТТЫҢ «МИНИ ФУТБОЛ» ТҮРИ БОЙЫНША «ДИРЕКТОР КУБОГЫ» БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.04.2022

Өзбекстан мәмекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм спорттың ғалабалығына ерисиўде түрли спорт жарыслары шөлкемлестирилип келинбекте.

Бүгин филиалда студент-жаслар арасында спорттың «Мини футбол» түри бойынша «Директор кубогы» болып өтти.

Жарыс өз ара қызғын беллесиўлерге бай болды. Онда «Музыкалы театр режиссёрлығы» тәлим бағдары студентлери биринши ийелеп, кубогди жеңип алыўға миясар болды.

Сондай-ақ, «Кино телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы» тәлим бағдары студентлери екинши, «Қосық ҳәм ойын» тәлим бағдары студентелри болса үшинши орынды жеңип алды.

Ҳақыйқатында да, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде ҳәм студент-жаслар арасында спортқа болған қызығыўшылықты арттырыўда бундай илажлардың шөлкемлестирилиўи оғада әҳмиетли есапланады.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар медал ҳәм диплом менен сыйлықланды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler