ТАТЫЎЛЫҚ ҲӘМ ДОСЛЫҚ  УЛЫҒЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 12.04.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Кең пейил Өзбекстан-улыўма үйимиз» сүрени астында «Диний кең пейилликти қоллап-қуўатлаў тәрепдарымыз» атамасында илаж өткерилди.

Оған республикамыздағы барлық миллий мәдений орайларының ўәкиллери ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Дәслеп илаж қатнасыўшылары «Өзбекстан-кеңпейил үлке» атамасында түрли миллет ўәкиллериниң миллий кийим-кеншек ҳәм китаплар көргизбесин тамашалады.

Буннан соң филиал директоры А.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, елимизде миллетлераралық татыўлық, дослықты беккемлеў бағдарында нәтийжели ислер жолға қойылып, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға бағдарланған көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Сондай-ақ, илажда бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап, мийнет етип, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қарап, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша итибар қаратылғанлығы,  бул бағдарда мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллериниң өз ана тили, көркем өнер ҳәм мәденияты, миллий қәдириятларын раўажландырыўда 150 ге шамалас мәдений орайлар нәтийжели жумыс алып барып атырғанлығы ҳаққында кең түрде  атап өтти.

Ҳәзирде республикамызда рус, украин, қазақ ҳәм түркмен миллий мәдений орайлары менен корейс­лер ассоциациясының жумысы жолға қойылған.  Көп миллетли хал­қымыз бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, елимизди  раўажландырыў  жолында мийнет етпекте.

Әлбетте, бул илажлардың бәршеси елимиздиң гүллеп раўажланыўы, халқымыздың аўызбиршиликте татыў турмыс кешириўинде хызмет етеди деп ойлаймыз.

Илажда филиалдың «Тумар» аяқ ойын ансамбли,  талантлы жаслар тәрепинен туўысқан халықлардың миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Илаж соңында филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар Министрлер Кеңеси тәрепинен “хүрмет жарлығы” менен сыйлықланды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...