Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 15-апрель Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм Филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлериниң кәсиплик байрамы менен қутлықлады.



Буннан соң, «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы оқытыўшысы М.Юсупбаев байрамға арналған әдебий қосығын оқып еситтирди.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилип, тараўда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Усы жыл 2-февраль күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўге айрықша итибар қаратылған.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы республикамыздағы мәденият ҳәм көркем өнер, театр, кино, телевидение ҳәм халық дөретиўшилиги бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлап беретуғын жоқары оқыў орны есапланады. Бүгинги күнде филиалда 16 тәлим бағдары бойынша мыңнан аслам студент-жаслар билим алып, оларға 59 профессор-оқытыўшы билим берип келмекте. Олардан 6 профессор, 12 илим кандидаты, 3 доцент, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсыларының бар екенлиги теория ҳәм әмелиятты байланыстырыўда, сондай-ақ, студент-жаслардың өз тәлим бағдарлары бойынша маман қәнигелер болып жетилисиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, студент-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға қарақалпақ, өзбек ҳәм басқа да халықлардың миллий ойын үлгилерин кеңнен үйретиўде «Тумар» ансамбли ҳәрекет етип келмекте. Қәбилетли жаслар қурамынан дүзилген ансамбль жәмәәти елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да илажларда өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, халқымыздың жүрек төринен орын алып, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.
Байрам мүнәсибети менен бир қатар профессор-оқытыўшылар менен хызметкерлер Алғыснама» менен сыйлықланды.



















Илаж жас талант ийелериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.


А.Оразов,



Филиал баспасөз хаткери.
Г.Жартыбаеваның түсирген сүўрети.
![]()