МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫНА КОНЦЕРТ БАҒДАРЛАМАСЫ ҚОЙЫП БЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 28.04.2022

Усы жыл 2-февраль күни Президентимиз тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарда жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм халықтың мәдений дем алыўын тәмийинлеўде орынларда мәдений шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылған.

Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен Нөкис қаласы «Бес төбе» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде концерт бағдарламасы шөлкемелстирилди. Концерт бағдарламасында қойып берилген жанлы ҳаўазда қосықлар, сахналық көринислер жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.

Әлбетте, бул илажлар жасларды көркем өнерге бағдарлаў ҳәм олардың бос ўақытларын кеўилли өткериўде әҳмийетли есапланады.

Филаил баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...