МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫНЫҢ ДӨРЕТИЎШИЛИК ЖУМЫСЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 28.04.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-окытыўшылары Қанлыкөл районы ХББ қараслы 1-санлы  улыўма орта билим бериў мектебинде болды.

Дәслеп, мектеп окыўшыларының дөретиўшилик жумыслары менен танысты. Буннан соң мектеп оқыўшылары арасында сүўретшилик өнери бойынша таңлаў шөлкемлестирилди. Таңлаў женимпазлары Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Сол күнниң өзинде райондағы 2-санлы мектеп окыўшылары менен де ушырасыў кешеси шөлкемлестирилип, олар арасында «Заковат» интелектуал ойыны өткерилди. Жеңимпазлар Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...