ФИЛИАЛДА МИЙНЕТ ЯРМАРКАСЫ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 29.04.2022

Усы жыл 4-март күни Президентимиз басшылығында жоқары оқыў орынларының студентлери жумыс ислеп дәрамат табыўлары ушын қосымша имканиятрларды жаратыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Видеселектор мәжилисинде студент-жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсипке бағдарлаў, сондай-ақ, олардың  қосымша дәрамат табыўына айрықша итибар қаратылған еди. Усы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.   

Илажды Илимий ислери ҳәм инновация бойынша директор орынбасары Н.Хамидов ашып берди ҳәм елимизде жаслардың бәнтлигин тәмийиенлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў баслы ўазыйпалар етип белгиленген болып, бул бағдарда филиалда нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанлығын айрықша атап өтти. Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң ў.ў.а орынбасары А.Бекпанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бөлим баслығы А.Өтепбергенов шығып сөйлеп, студент-жасларды бүгинги өткерилип атырған мийнет ярмаркасы менен қутлықлады ҳәм илаждың әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти.

   Мийнет ярмаркасына республикамыздың 50 ден аслам мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер 150 бос жумыс орны менен қатнасып, өзлериниң бос жумыс орынлары ҳаққында студент-жасларға мағлыўматлар берди. Илаж даўамында студент-жаслар қәнигеликлери бойынша бос жумыс орынлары менен танысыў имканиятына ийе болды.

Жаслар бәнтлигин тәмийиелеў, әсиресе, студент-жасларды кәсип өнер ийелеўге бағдарлаў, жумысқа жайласыўын тәмийинлеў, олардың қосымша дәрамат табыўы ушын имканият жаратып бериў күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан саналады. Бүгинги шөлкемлестирилген мийнет ярмаркасыда бул бағдардағы жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler